ӨзР Арнаўлы комиссиясы қарарына тийкар, 2022-жыл 7-февральдан баслап барлық ЖООда оқыў процеси дәстүрий формаға өткерилиўи социаллық тармақларда кең додалаўларға себеп болып, түсинбеўшиликлерди келтирип шығарды. Жағдай шеңберинен ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министирлиги төмендегилерди мәлим етеди:
Студентлерге қолайлық жаратыў, турақлы жасаў орынларынан ЖООна қәўипсиз жетип келиўлери, орынларда авиа ҳәм темир жол билетлерин алмастырыў, студентлер-турақ жайлары, ижара тийкарында жасайтуғын студентлердиң артықша қыйыншылықларсыз жайласыўын тәмийинлеў мақсетинде ЖООда оқыў процесслери 7-февральдан 24-февральға шекем басқышпа-басқыш дәстүрий формаға өткериледи. Сол дәўирде сабақлар да бир ўақыттың өзинде ҳәм аралықтан, ҳәм дәстүрий формада алып барылады.
Бул процесс ҳәр бир ЖООның ишки мүмкиншиликлери, оқыў процесиниң ҳәзирги жағдайы, әмелдеги шәрт-шараятларын есапқа алған ҳалда бөлек жоба -график тийкарында әмелге асырылады. Бул ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр бир ЖООның рәсмий веб-сайты және социаллық тармақлары арқалы берип барылады.
Дерек: KRuz.uz
