logo

Шымбай гүзарында 29 көше оңланып атыр

Пайтахтымыздағы Жаӊа базар ҳәм Шымбай гүзары мәкан пуқаралар жыйынлары да «Аўыр аймақ»лар қатарына киргизилген болып, МПЖ ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша жумыслар қызғын түрде даўам етпекте. 

Бир ғана Шымбай гүзары МПЖ мысалында алып қарайтын болсақ, аймақтағы 29 көшениң 42 км.ден зият жоллары қум-щебен араласпалы жолға айландырылып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасына тийисли кәрханалардан машина-механизмлер ҳәм пидәйи жолшылардан ибарат үлкен бригада мобилизация етилген.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар