ҚМУдағы исенимли дәректиң бизге мәлим етиўинше, студентлерге қолайлық жаратыў, турақлы жасаў орынларынан ЖООна қәўипсиз жетип келиўлери, студентлер-турақ жайлары, ижара тийкарында жасайтуғын студентлердиң артықша қыйыншылықларсыз жайласыўын тәмийинлеў мақсетинде ўәлаятлардан ҳәм алыс районлардан келип жайласатуғын студентлер оқыўға 7-февральдан 24-февральға шекемги аралықта келиўи мүмкин. Яғный олар ушын толық оффлайн оқыў 24-февральдан басланады.Бунда олардың билетлерин алмастырып, оқыў орнына жақын аймаққа жайласып үлгериў мүддети есапқа алынды.
Сондай-ақ, Нөкис қаласында жасаўшы ҳәм пайтахтқа жақын аймақ студентлери ушын 7-февральдан баслап оффлайн оқыўға барыўы мүмкинлигин мәлим етемиз.
Дерек: KRuz.uz
