logo

Қарақалпақстанда аўланыўы қадаған етилген қырғаўыллар аўланғаны анықланды


Қарақалпақстан Республикасы экология комитети ҳәм Миллий гвардия, ИИБ ППХ ҳәм ЖТСБ жумысшылары менен биргеликте өткерилген рейд илажлары даўамында Кегейли районында жасаўшы пуқаралар А.Қ, Ж.А, А.А лар нызамсыз тәризде Тахтакөпир районында жайласқан «Қоңыраткөл» АПЖ аймағынан 10 дана аўлаў қадаған етилген қырғаўыл қусын ҳәм 1 дана қоян аўлағаны анықланды.


Жағдай бойынша нызам бузған пуқараларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, суд органына өткериў ушын ҳүжжетлер таярланбақта. 


Усы жоқарыда көрсетилген материаллық дәлил сыпатында 1 дана қоян ҳәм 10 дана қырғаўыл қусларын Тахтакөпир районындағы Медицина бирлеспесине қайыр-сақаўат есабында тапсырылды. 


Қарақалпақстан Республикасы Экология комитети мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар