2021-жылы 17-декабрь күни Нөкис қаласы турғыны А.Е.ның үйиниң айнасын белгисиз адам тәрепинен бузып кирилип, үй ишинен 450.000 сум муғдарындағы 1 дана тәрези, 2 миллион сум муғдарындағы қурылыс үскенелери ҳәм 600.000 сум муғдарындағы 1 дана «Асель» маркалы печкасы урланған.
Анықланған бул факт бойынша өткерилген оператив излеў жумыслары барысында усы жылдың 22-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ППХ ҳәм ЖТСБ ППХБ хызметкерлери, қатардағы Б.Машарипов ҳәм О. Жолишовлардың қырағылығы менен бул урлыққа қол урыўда гүман етилген Т. У. атлы пуқара усланды ҳәм тийисли тәртипте қалалық ИИО ЖМБ тапсырылды
Тынышлық сақшысы
