Усы жылдың 5-февраль күни Ташкент ўақты менен 09:16 да Аўғанстанда жер силкиниўи жүз берди.Айрықша жағдайлар министрлиги Республикалық Сейсмопрогностикалық мониторинг орайының хабар бериўинше, магнитудасы 6,8 болған жер силкиниўи 225 км тереңликте жүз берген болып, Өзбекстанның көпшилик аймақларында сезилген.
Солар қатарында эпицентрден 1198 километр қашықлықтағы Қарақалпақстан Республикасында да усы жер силкиниўиниң күши 2 баллық көрсеткиште сезилгенлиги мәлим етилди.
Бул ҳаққында Karinform.uz сайты хабар берди
