logo

Қарақалпақстанда 46 мың 649 пуқара коронавирусқа қарсы толық басқышта емленген

Вакцинация процеслери басланғаннан баслап июль айының ортасына шекем Қарақалпақстан Республикасында жәми 250 961 доза вакцина қолланылды. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Булардан:
?1-басқышта 156 мың 69 доза,
?2-басқышта 67 мың 778 доза,
?3-басқышта 27 мың 114 доза вакцинадан пайдаланылған. 

15-июль жағдайына 46 мың 649 пуқара толық басқышта емленип болды.

Қарақалпақстанда емлеў процеслери халық қатламы кесиминде төмендегише:
? 65 жастан үлкен пуқаралар — 38 823 доза;
? медицина хызметкерлери — 40 432 доза;
? мектеп оқытыўшылары — 51 930 доза;
? МШБШ хызметкерлери — 18 756 доза;
? узақ даўам ететуғын кеселлиги бар пуқаралар — 40 679 доза. Вакциналардын қалған бөлими басқа халық қатламларында қолланылған.

Елимизде жәми 21 млн 455 мың 214 руқара емлениўи көзге тутылған болып, Қарақалпақстанда 1 млн 187 мың 678 пуқара коронавирусқа қарсы емлениўи режелестирилген. 

✍KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар