Шымбай гүзары МПЖ аймағындағы 29 көшениң 42 км.ден артық ишки хожалық жолында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында хабар берген едик. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен дүзилген машина-механизмлер ҳәм жол тараўы хызметкерлеринен ибарат үлкен бригада аймақ жолларын оңлаў бойынша кең масштаблы жумыс алып барып атыр. Баслы мақсет адамлардың турмыслық машқалаларын шешиў ҳәм абаданлығын тәмийнлеў есапланады.
"Биргеликте үлкен күшпиз" ураны астында абаданластырыў жумысларында бир қанша ўәкилликли уйымлар бас қосқан.
Аймақ көшелери қум-щебен араласпалы жолға айландырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети
