5 жыллық Саўда экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў дәстүрине қол қойылды
Өзбекстан Президенти ҳәм ҚХР басшысының Пекиндағы ушырасыўында кәмбағаллыққа ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысында Қытай тәжирийбесин үйрениў ҳәм жәриялаў бойынша қоспа ис-илажларды әмелге асырыўға келисилип алынды. Тәреплер 5 жыллық Саўда экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў дәстүрине де қол қойды.
5-февраль күни Пекинда Өзбекстан президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы басшысы Си Цзиньпин менен ушырасты, деп хабар берди мәмлекет басшыларының баспасөз хызмети. Еки мәмлекет жетекшилериниң рәсмий ушырасыўы қысқы Олимпияда шеңберинде Қытай пайтахтындағы Улыумақытай халық ўәкиллери кеңеси үйинде болып өтти.
Ушырасыўда бес жыллық Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў дәстүрине қол қойылды. Товар айырбаслаў 2021-жыл жуўмағына көре рекорд көрсеткишке жеткени атап өтилди. Қытайдан Өзбекстан экономикасына киргизилген жәми инвестициялар көлеми 9 млрд долларды қурайды.
Еки мәмлекет басшылары кембағаллыққа қарсы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысында Қытай тәжирийбесин үйрениў ҳәм жариялаў бойынша қоспа ис-илажларды әмелге асырыўға келисилип алынды. Соның менен бирге, халықаралық ҳәм аймақлық күн тәртибиндеги мәселелер, Аўғаныстанда тез арада тынышлық орнатылыўына ҳәм экономикалық тиклениўге көмеклесиў мәселеси көрип шығылды.
Басшы Си Цзиньпин Қытай Өзбекстан менен пандемияға қарсы гүресиў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыўда бирге ислесиўге, сондай-ақ, қәуипсизлик тараўында бирге ислесиўди тереңлестириўге тайын екенлигин айтты, деп жазды "Синхуа" хабар агентлиги.
Оның айтыўынша, ҚХР Өзбекстанға "замагөй санаат системасын қурыў", "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолы жойбарының техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығарыўды жеделлестириўде де жәрдем бериўге тайын ҳәм оны тезирек иске түсириў тәрепдары екенлигин айтып өтти.
