"Сиз, қәдирдан инимниң ҳәм өмирлик жолдасыңыз Эмине Ханымның коронавирус кеселлигине шалынғаныңыз ҳаққындағы хабарды терең қайғырыў ҳәм үлкен қәўетер менен қабыл еттим",дейиледи хатта.
Мәмлекетимиз басшысы Туркия Президенти ҳәм оның өмирлик жолдасы қысқа пурсатта вирусты жеңип өтип, тез шыпа табыўларына исеним билдирди, оған денсаўлық күш-қуўат ҳәм жаңа жеңислер тиледи.
