logo

GM компаниясы Spark ислеп шығарыўды тоқтатады

2022-жылы General Motors компаниясы Spark хетчбегин ислеп шығарыўды тоқтатып, оны дүнья базарынан алып таслайды. Бул ҳаққында компания сайтында хабар берилди.

Олардың айтыўынша, Spark ҳәзирги дәўир ушын модадан қалған ҳәм 2021-жылы бул машинаның дүнья базарындағы сатылыўы түсип кеткен. Оның орнына компания Trax кроссверин сатыўға шығармақшы.

Spark автомобили Өзбекстан ҳәм Россия базарларында әдеўир өтимли машина болып есапланады. Көпшилик оны арзан ҳәм ықшам болғаны ушын сатып алады. Әлбетте, Америка ҳәм Өзбекстан Spark машиналары арасында бираз өзгешелик бар екенин айтып өтиў керек.

Соңғы жаңалықлар