Арал теңизиниң түбинде жүзеге келген Аралқум себепли Қарақалпақстан ҳәр жылы 44 млн доллардан артық зыян көрмекте. Бул ҳаққында Жәҳән банкиниң "Арал теңизиниң қурыған түбиндеги қум ҳәм шаң боранларын кемейттириў ушын Өзбекстанда ландшафтты тиклеўдиң әҳмийети" темасындағы изертлеўинде айтып өтилген.Атап өтилиўинше, Арал теңизиниң түбинде майданы 60 мың квадрат километрге жақын шөл — Аралқум пайда болған. Шөлдиң дерлик жартысы Қарақалпақстан аймағында жайласқан болып, бул жерде 1,8 млн адам жасайды. Соңғы бир неше он жыллықлар даўамында Аралқум қум ҳәм шаң боранлары дерегине айланған.
Ҳәр жылы Аралқумның қум ҳәм шаң боранлары Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери кеңликлерине 15 млннан 75 млн тоннаға шекем қум, шаң ҳәм дуз алып келеди. Ақыбетинде топырақ эрозиясы ҳәм ҳаўаның патасланыўы қоршаған орталыққа, инсан саламатлығына кери тәсир көрсетеди.
Аралқумдағы қум ҳәм шаң боранлары Қарақалпақстанға ҳәр жылы 44 млн доллардан артық (ўәлаят ЖИӨның дерлик 2 проценти) экономикалық зыян келтиреди. Кейинги 20 жыл ишинде усы жағдайды шешиўде ҳәрекетсизлик аймаққа 840 млн долларға түсиўи мүмкин.
Қум ҳәм шаң боранлары инсан саламатлығы ҳәм аўыл хожалығына кери тәсир көрсететеди ҳәм өсимлик жетистириўде жылына орташа 11,6 миллион доллар зыян келтириўи мүмкин.
Арал теңизи түбиниң үлкен бөлегин қурғақшылыққа шыдамлы ҳәм топырақтағы дуз муғдары жоқары болған жергиликли терек, нәл ҳәм шөплерди егиў арқалы тиклеў мүмкин.
"Егер дурыс режелестирилсе, Арал теңизи түбиндеги ландшафтларды тиклеў процесси Арал теңизиниң бурынғы қурғақларынан 100-200 километрге шекемги болған жерде ҳаўаның патасланыўының сезилерли дәрежеде кемейиўине алып келиўи мүмкин. Бул жергиликли халық саламатлығын асырыўға алып келеди.
Аралқумдағы ландшафтларды қайта тиклеў ис-илажлары жылына 39 миллион долларға жақын қосымша пайда келтириўи мүмкин. Бул Қарақалпақстан ЖИӨның 1,9 процентине тең есапланады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда ҳәр жылы тәбийий апатлар орташа 1,4 млн адамға тәсир өткерген жағдайда, 3 млрд долларға жақын зыян жеткизеди.
