logo

Контракт төлеў мүддети 1-мартқа шекем узайтылды

Мәмлекетлик комиссияның тийисли қарарына муўапық, 2021/2022 оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал оқыў орынлары студент ҳәм оқыўшылары оқыўы ушын контракт муғдары төлеўдиң соңғы мүддети 2022-жылдың 1-март етип белгиленди.

Усы мүддетке төмендегилер киреди:

– төлемли контракт тийкарында жоқары оқыў орынларында студентликке (магистратура, бакалавр) усыныс етилгенлер;

– төлемли-контракт тийкарында профессионал оқыў орынларына (техникум, колледж) оқыўға усыныс етилгенлер;

– еселенген төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилгенлер;

– оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайтадан тикленген студентлер.

Соңғы жаңалықлар