Усы жыл 7 февралдан баслап барлық тәлим шөлкемлеринде оқыў процеси басқышпа-басқыш дәстүрий түрге өткерилди.Жоқары ҳәм орта арнаўлы тәлим министрлиги берген мағлыўматларына көре, аймақлардан келип оқып атырған студентлердиң жайласыўы министрлик тәрепинен толық қадағалаўға алынған.
Сондай-ақ, студентлерге қолайлық жаратыў, турақлы жасаў аймағынан тәлим мәкемелерине қәлеген ўақытта жетип келиўлерин муўапықластырыў мақсетинде жоқары тәлим мәкемелери студентлер жатақҳаналарында кесте тийкарында тьюторлар жәмәәтинен ибәрат 24 саатлық нәўбетшилик исленген.
Буннан тысқары, студентлерди турар жай менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыў секторы тәрепинен ижараға уй табыўға қыйналып атырған студентлер мәселерин жөнге салыў ушын мәҳәлле баслықлары ҳәм ИИБ профилактика инспекторлары менен шерикликте жумыс алып барылмақта.
Бүгинги күнге келип, аймақлардан 36 738 студент Ташкент қаласына жетип келген. Олардан 10 032 студент жоқары тәлим мәкемелериндеги студентлер жатақҳаналарына, 18 204 студент ижара хожалықларына, 8 502 студент жақын ағайинлериниң үйине жайласқан.
