Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаевтың мәлим етиўинше, бүгинги күнде «UzAuto Motors» тәрепинен ислеп шығарылып атырған автомобильлерди жеткерип бериўде шәртнама шәртлери бойынша алдын ала төлем муғдарын азайтыў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта. Атап өтилиўинше, бул усынысларды Ҳүкиметке киргизиў режелестирилген.Және де «Усы мүнәсибет пенен Сизден, мүмкин болса 2005-2011 жылларда «UzAuto Motors» («GM Uzbekistan» АЖ) тәрепинен жеңил автомобиль жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзгенлер болса, сол шәртнаманың нусқаларын @Kusherbayevga_murojaatbot бот мәнзилине жибериўде жәрдем көрсетиўиңизди сорап қаламыз. Мағлыўматлардан пуқараның шахсы ийесизлендирилген ҳалда усынысларды тийкарлаўда пайдаланылады». «Монополияны жылаўлаў қыйын бир жағдайда ийгиликли мақсет жолында көрсетип атырған бирге ислесиўиңиз ушын алдын ала рахмет», деп жазады депутат.
Соны да қосымша етиў керек, Ҳәзирги ўақытта «UzAuto Motors» автомобильлерине алдын ала төлем муғдары 85 процентти қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
