logo

Көшеге таслап кетилген нәресте бойынша Прокуратура рәсмий мағлыўмат берди

2022-жыл 8-февраль күни саат 02:00лер шамасында Тахтакөпир районында есапта турып, Нөкис қаласы «Бостан» көшесинде ўақтынша жасаўшы А.К. (2002-жыл туўылған) ул баланы дүньяға келтирип, өзи жасап турған жайдың қасындағы үйдиң алдына таслап кеткен.

Буннан кейин, нәресте Республикалық перинатал орайына жатқарылып, өмири сақлап қалынған.

Бул ҳәдийсе бойынша Нөкис қаласы ИИБ тәрепинен Жынаят кодексиниң 117-статьясы (Қәўип астында қалдырыў) 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы

Соңғы жаңалықлар