logo

200 түптен артық терек қай жерге егилди?

Аўыр аймақлар дизимине киргизилген Шымбай гүзары МПЖда бүгин жумыс қызғын. Аймақ жоллары, электр энергиясы, газ тармағы ҳәм басқа да бағдарларда кең көлемли жумыслар даўам етпекте. 
Қум-щебень араласпалы үлгили көше исленип атырған болып, көшеге өзгеше көрик бағышлаў ушын Қарақалпақ жол көгалландырыў унитар кәрханасы питомнигинен 200 түптен артық жергиликли климатымызға бейимлестирилген декоратив тереклер алып келинди. 
Айтып өтиў орынлы, кәрхана питомнигинде Европа ҳәм Азияның климатымызға жақын аймақлары, қурғақ, ыссы, суўық, ығал ҳәм басқа да ҳәр қыйлы ҳаўа райында өсиўши терек ҳәм путалар Қарақалпақстанның қыраўлы қатты суўығы ҳәм жаздың мыс қайнаған ыссы шәраятына масластырылады. Онда можжевельник, шығыс туясы, япон сафорасы, ясин, қайрағаш, клён, акация сыяқлы бир қатар терек түрлери орын алған.

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар