logo

Өзбекстанда қуралдан пайдаланыў жасы 25 жас етип белгиленбекте



Нызамшылық палатасының 8-февраль күни өткерилген мәжилисинде «Қурал ҳаққындағы нызамшылық жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда концептуал тәрептен көрип шығылды.


Хабарда айтылыўынша, нызам жойбары менен әмелдеги нызамлардағы бар болған түсиниклерди, қурал түрлери ҳәм олардың ҳуқықый жағдайын «Қурал ҳаққында»ғы нызамға муўапықластырыў нәзерде тутылмақта.


Әмелдеги «Қурал ҳаққында»ғы нызамға бола, 18 жасқа толған пуқаралар пуқаралық спорт қуралын ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралын, 21 жасқа толған пуқаралар пуқаралық аў қуралын алыў ҳуқықына ийе.


Прокуратура ўәкиллериниң айтыўынша, мәмлекетте 18 жастан 21 жасқа шекемги болған пуқаралар 49 аў қуралына ийе, 25 жасқа шекемги болғанлар ортасында болса 500 пуқарада аўшылық қураллары бар.


Айырым жағдайларда «менде қурал бар» деген өзин көрсетиў мақсетинде сатып алынған ҳаллар да бар. Аў қуралын сатып алыў жасы 25 жас етип белгилениўи жаслар ортасында суўық қураллардан пайдаланып, түрли жынаятларды ислеў жағдайлары кемейиўине хызмет етеди.


«Ел хызметинде» газетасы хабаршысы Айсулыў Турдығалиева.



Соңғы жаңалықлар