logo

«Мулти радар» автотранспорт қураллары өз жумысын баслады

Жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм халықтың тынышлығын сақлаў мақсетинде Германия мәмлекетинде ислеп шығарылған жаңа технология мәмлекетимизге алып келинип Өзбекстан бойынша барлық ўәлаятлар қатары Қарақалпақстан Республикасынада пайдаланыўға тапсырылды.

Сонғы ўақытлары Республикамызда Жол транспорт ҳәдийселери артып бармақта. Булардың себебин анықластырғанымызда пуқаралардың жол ҳәрекети қағыйдаларын билмеўи яки билседе бойсынбаўы сондай-ақ, автотранспорт басқарыўшыларының нызамда белгиленген орынларда тезликти асырып айдаўы себеп болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен берилген мағлыўматларына көре, 2022-жылдың усы кунине шекем Республикамызда жол транспорты менен байланыслы 17 жол транспорт ҳәдийселери жүз берген болса соннан 5 жол транспорт ҳәдийсеси өлим жағдайлары менен жуўмақланған.

Мине усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Республикамызға алып келинген комплекс қурылмасы ҳәм олардың сертификатлары Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасындағы хызмет ўазыйпасын атқарыўшыларға тапсырылды.

Бул «Мулти радар» комплекс қурылмасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының автомобилинде емес, тийкарынан арнаўлы шөлкем транспортына орнатылған. Автомобиллер ҳәзирги күнде Республикамыздағы 3 орында болыўы тәмийинленген.

Бул ҳаққында «Тынышлық сақшысы» газетасы хабар берди.

Соңғы жаңалықлар