logo

Тақыятас районының айрым көшелеринде телефон ҳәм интернет хызметлери ўақтынша өшириледи

Тақыятас районы АТС-572 линия кабел хожалығына қараслы №572-01 - санлы тарқатыўшы шкафтан шығыўшы ТПП маркалы кабелдиң техникалық көрсеткишлери төменлеп кеткенлиги себепли ҳәм де көрсетилип атырған телекоммуникация хызметлериниң сапасын жақсылаў мақсетинде 2022-жыл 10-февральдан 13-февраль аралығында авариялық оңлаў жумыслары алып барылады.

Оңлаў жумыслары алып барылатуғын ўақытта телекоммуникация хызметлери өширилетуғын аймақлар: Тақыятас районы Тақыятас, Нөкис, Шымбай, Рамазан, Каракулов, Бердақ, Коңырат, Қоңыратбай бақсы, Н.Жапақов, А.Шамуратов, Темир жол, Ашхабад ҳәм Гидроузел көшелери.

Оңлаў жумыслары ўақтында үзилиске түсетуғын абонентлерден келип шыққан насазлықлар ушын кеширим сораймыз.

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар