logo

UzAuto Motors автомобиллери ушын алдыннан төлем көби менен 50% болыўы керек — Расул Кушербаев

Расул Кушербаев UzAuto Motors автомобиллери ушын 85 процентлик алдыннан төлем муғдарын кемейтиў бойынша ҳүкиметке усыныслар таярланып атырғанын мәлим етти.

Депутат «Газета.uz»ға берген интервьюсында алдыннан төлем көби менен 50% болыўы керек екенлигин айтқан. «Еле көрсетилмеген хызмет ҳәм сатып алынбаған товар ушын алдыннан төлем өткерилиўи мәниссиз», — деди ол.

Кушербаев автомобиль импорты бойынша бажыхана бажысын кемейтиў мәселесине де тоқталып, бул қарарды қабыллаўға қатаң батыллық керек енлигин де айтып өтти. 


​Бул ҳаққында «Ел хызметинде» газетасы өзиниң телеграм каналында жазды.

Соңғы жаңалықлар