8-февраль күни Нөкис районы "Акмаӊғыт" ППЖ аймағындағы Сары алтын көшесинде жайласқан 4 кабатлы турақ жайдыӊ 15-квартирасында жасаўшы пуқараныӊ есиги қулыпланып қалғанлығы ҳәм үй ишинде 2018-жыл туўылған баласы қалып қояғанлиғы бойынша Нөкис районы АЖБне хабар келген.
Нөкис районы АЖБ 15 КОКБ 1-экипаж ўақыя орнына барып пуқараныӊ турақ жайыныӊ есигин ашыўда әмелий жәрдем көрсетилди. Үй ишиндеги 2018-жыл туўылған Қыдырниязов Жақсылық ата-анасына тапсырылды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
