logo

Қумар ойынына шараят жаратқан шахс анықланды

2022-жыл 24-январь күни саат 01:00 лер шамасында Шымбай районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен, Шымбай районы Тазғара АПЖда жасаўшы А.К исимли пуқара өз үйинде жәми 12 пуқара болып пуллы үш карта (сега) ойынын ойнап атырғанлығы анықланды. Ўақыя бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылғанында пуқара А.К өз үйинде пуллы үш карта (сега) ойынын ойнатыў ушын шараят жаратып бергенлиги анықланып, жәми ойын ушын тигилген 5.197.000 сум ҳәмде 3 литрлик банкаға салынған 155.000 сум пуллар айғақлы зат ретинде алынған.Ўақыя бойынша Шымбай районы ИИБ тәрепинен Өз.Рес ЖК-ниң 278-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

Соңғы жаңалықлар