logo

Өзбекстанда 1-2-класс оқыўшылары «үйге тапсырма»сыз оқыйды

Өзбекстанда 2022-2023-оқыў жылынан баслап мектеп оқыўшыларын баҳалаў системасы қайта көрип шығылады. Бул ҳаққында Республикалық билимлендириў орайының баспасөз хаткери Моҳира Нуруллаева мәлим етти.

Оның сөзлерине бола, миллий оқыў бағдарламасына муўапық 1- ҳәм 2-класс оқыўшылары ушын үйге тапсырмаларының алып тасланғанлығы себепли үйге тапсырмалардың баҳалары бийкар етилмекте. Шеректеги жуўмақлаўшы баҳалар ағымдағы баҳаларға, жыллық баҳалар болса шереклердеги баҳаларға байланыслы болмайды.

Оқыўшылар тапсырмаларды жақсы баҳаға орынламағанша, оларға баҳа бермеў усыныс етиледи, делинеди хабарда.

Атап өтилиўинше, питкериўши класслар ушын кәсиплик талаплардың орынланыў дәрежесине қарап баҳалаў системасы енгизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар