logo

Асака Банк жумысшылары излеўге берилди

Олар Азия Раўажланыў Банки тәрепинен ажыратылған 2 миллион доллар муғдардағы кредитти өзлестирмекши болған.

Мәлим қылыныўынша, «Асакабанк» АЖ Бухара ўәлаяты филиалының алдынғы басқарыўшысы, кредитлеў бөлими баслығы Ядгаров, «Асакабанк» АЖдың тийкарғы офиси Ишки аудит хызмети баслығы Идевлер өз ара тил бириктирген ҳалда АРБ тәрепинен берилген 2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредитти қолға киритиў ушын «Grand Buxara» Agro ЖШЖ баслығы Баҳранов «Kafil sug'urta» ЖШЖның Бухара филиалы басқарыўшысы Абдураҳмоновлар жынайый тил бириктиреди.

Мәлим болыўынша, АРБ тәрепинен ажыратылған қаржы өтириктен негизги баҳасынан еки есе қымбатқа келисилген ыссыхананы сатып алыў ушын сарыпланады. Буның нәтийжесинде мәмлекет ҳәмде банкке 503 мың АҚШ доллар муғдарында зыян жеткериледи. 

Ҳәзирги ўақытта банктың алдынғы басқарыўшысы Муродов ҳәм бас офис Ишки аудит хызмети баслығы Идиевлерге излеў жәрияланған. Жынайый топардың қалған ағзалары суд алдында жуўап бермекте.

Соңғы жаңалықлар