Халық батыры Ерназар Алакөзди кемситип сүўретлеген «Ватан тарихи» оқыў қолланбасы барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм филиалларынан жыйнап алынады, электрон версиялары платформадан алып тасланады.
Рустамбек Шамсутдинов, Шоди Каримов (марҳум), Ўктамжон Убайдуллаев авторлығында 2009, 2010, 2016 жылларда басып шығылған «Ватан тарихи» оқыў қолланбасын жыйнап алыў ҳәм электрон версияларын жоқ етиў бойынша ЖОАБМның тапсырма хаты барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм филиалларына жиберилген.
«Ел хызметинде» газетасы бас редакторы ў.ў.а. А.Хожаназаров тәрепинен алдын ЖОАБМға усы мәселеде хат жолланған еди.
elxizmetinde.uz
