Ҳукиметтиң тийисли карары менен Өзбекстан пуқаралары ҳәм юридикалық шахсларға турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), ижара ҳәм мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын жеке меншиклестириў бойынша мәмлекет хызметлерин көрсетиўге тийисли ҳәкимшилик регламент тастыйықланды.Ҳәкимшилик регламентке көре, жер участкаларын жеке меншиклестириў бойынша хызметлер ДХМ яки Жалғыз интерактив мәмлекет хызметлери порталы (my.gov.uz) арқалы көрсетиледи.
Бунда арза, исенимнама, жер участкасын жеке меншиклестириў ҳаққындағы қарар (арза бериўши — юридикалық шахс болса) қосымша етиледи.
Арза район (қала) қурылыс бөлими, кадастр филиалы тәрепинен көрип шығылыўы ушын “Yerxususiylashtirish” информация системасына жибериледи. Кадастр филиалы арза түскен күннен 5 жумыс күнинде мағлыўматларды тексереди.
Район (қала) қурылыс бөлими 3 жумыс күнинде жер жайласқан аймақтың (халық пункти ямаса олар арасындағы аймақты) раўажландырыўды қала қурыў тәрепинен режелестириў ҳаққындағы ҳәм де оларды қурыў ҳаққындағы тастыйықланған ҳүжжетлерге жер участкасы жайласыўының муўапықлығын көрип шығады.
“Yerxususiylashtirish” информация системасында арза нәтийжелери бойынша (келисилгенлиги ямаса бийкар етилгенлиги) хабарнама қәлиплестирилип, арза бериўшиге жибериледи.
Соған көре, арза беретуғын 10 жумыс күнинде жерди сатып алыў төлеўин әмелге асырады. Төлеў өз ўақытында төленгенде, жерге мүлк ҳуқықын беретуғын мәмлекет ордери қәлиплестириледи.
Кадастр басқармасы ордер тийкарында 2 жумыс күнинде жерге болған ҳуқықты мәмлекет дизиминен өткереди ҳәм одан көширмени арза беретуғынға ямаса ДХМға жибереди.
