Президент басшылығындағы видеоселектор мәжилиси даўам етпекте. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.Бул тәжирийбелерден келип шығып жуўапкерлерге төмендеги тапсырмалар берилди:
– 15-мартқа шекем ҳәр бир районда кеминде 5 мәҳәлледе Миришкор тәжирийбесин жолға қойыў;
– 1-майға шекем қыйтақ жер хызмети кәрханалары арқалы Чуст ҳәм Балықшы тәжирийбелерин барлық районларда енгизиў ҳәм оның ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 300 миллиард сум ажыратыў;
– 1-июньға шекем Тақыятас тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 жойбарды иске қосыў;
– 1-сентябрьге шекем ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 мыңнан хожалыққа нәсилли шарўа малларын тарқатыўды шөлкемлестириў.
Улыўма, ўәлаят ҳәкимлери жоқарыдағы 3 тәжирийбе тийкарында 2022-жылы жәми 200 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге жеке жуўапкер болатуғыны көрсетип өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
