logo

Өзбекстанда нәсилли қойларды көбейтиў ушын ҳәким жәрдемшиси усынысы менен гиреўсиз кредит бериледи

Президент тәрепинен жыл жуўмағына шекем нәсилли қойларды көбейтиў бойынша 133 жойбарды иске түсириў ўазыйпасы қойылды. Бунда:

● жүн ҳәм сүт жөнелисинде нәсилли қой ҳәм ешки сатып алыў ушын 5 жылға шекем 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен;
● шарўашылық хожалықлары тәрепинен халықтан жүн ҳәм сүт өнимлерин сатып алыўға 12 айға шекем 9 ай жеңиллетилген дәўир менен;
● жем, азық, сүт, гөш ҳәм жүнди қайта ислеў цехларын шөлкемлестириўге 10 жыл мүддетке 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен кредитлер ажратылады.

Халыққа бул кредитлер ҳәким жәрдемшилери усынысы тийкарында 50 миллион сўмға шекем гиреўсиз ажыратылады, кредит процентиниң ярымын толтырыўға компенсация бериледи. 

Соңғы жаңалықлар