logo

1-класс оқыўшыларына қосымша демалыс берилмейди

Быйылғы жылы оқыўшылардың қысқы демалыс мүддети усы жылдың 24 январына шекем узайтырылғанлығы мүнасәбети менен 1-класс оқыўшылары ушын февраль айында белгиленген қосымша бир ҳәптелик демалыс берилмейтуғын болды. Бул ҳаққында ҳалық билимлендириў министрлиги хабар берди.

Ескертип өтемиз, Өзбекстандағы барлық тәлим мәкемелеринде қысқы демалыс быйылғы жылы әдеттегиден еки ҳәпте узағырақ — 24 январға шекем даўам еткен еди.

Соңғы жаңалықлар