Социал тармақларда 20 саны түсирилген юбилей банкноти айланысқа шығарылғаны ҳәм ол 100 АҚШ доллары қуны болып қабыл етилиўи ҳаққында хабарлар тарқалған еди. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки усы жағдайға рәсмий мунасәбет билдирди.
Жазылыўына қарағанда, “Сўм”ның айланысқа киритилгениниң 20 жыллығы мүнасәбети менен 20 номери түсирилген үлги Орайлық банк тәрепинен айланысқа шығарылған пул белгиси есапланбайды.
“Өзбекстан Республикасының Орайлық банки туўрысында”ғы Нызамға тийкарынан Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы төлеў қуралы ретинде пул белгилери тек Орайлық банк тәрепинен айланысқа шығарылады.
“Жаңа үлгилердеги пул белгилери айланысқа шығарылыўы туўрысындағы хабар, соның менен бирге, олардың характеристикалары Орайлық банк тәрепинен ғалаба хабар қуралларында дағаза етиледи.
Социал тармақларда тарқалған бул үлги Орайлық банк тәрепинен емес “Мәмлекет белгиси” кәрханасы тәрепинен 2014 жылда юбилей сәне мунасәбети менен кәрхананың реклама өними (сувенир) ретинде шығарылған”, деп аталады регулятор хабарында.
Айтылыўына қарағанда, социал тармақларда тарқатылған банкнот ҳеш қандай баҳа өлшеўине ийе емес (онда сўм жазыўы көрсетилмеген), айланыс ҳәм төлеў қуралы ретинде пайдаланыўға қаратылмаған.
Усының себепинен, социал тармақ пайдаланыўшыларынан халық арасында ҳәр түрлы сораўлар ҳәм түсинбеўшиликлер келтирип шығармаў мақсетинде тийкарсыз информацияларды тарқатпаў соралған.
