logo

Кредит алып бериўди «ўәде еткен» пуқара усланды

Төрткүл районында жасаўшы, бурын судланған Н. исмли шахс пуқараның исенимине кирип, мәкан пуқаралар жыйынында ислеўши танысы арқалы 33000000 (отыз үш миллион) сум жеңиллетилген кредит алып бериў ушын 100 АҚШ долларын талап еткен. Усы талап еткен 100 АҚШ долларын сумға есаплап, 1100000 (бир миллион жүз мың) сумды алған ўақытта айғақлы затлар менен иркилген.

Бул жағдайлар бойынша Департаменттиң Төрткүл районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар