Президент қарары менен 2018-2021-жылларда Нөкис мәмлекетлик педагогика институтының оқыў имаратларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаўға 54,3 млрд сум ажыратылўы жобаластырылған болып, бул қурылыс ҳәм оңлаў ислери ушын 2018-жылда өткерилген тендерде «Jayhun Universal Qurilish» ЖШЖ жеңип шыққан.Бирақ, зәрүр қаржылар мәмлекет бюджетинен ажыратылғанына қарамастан «Jayhun Universal Qurilish» ЖШЖ ҳәм буйыртпашы есаплаған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компания лаўазымлы шахслары өз-ара тил бириктирген ҳалда, тийисли ҳүжжетлерди қалбекилестириў жолы менен 12,7 млрд сум муғдарындағы пул қаржыларын талан-тараж еткен.
Анықланған жағдай бойынша жынаятшы шахсларға Жынаят кодексиниң 167- ҳәм 209-статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Басқа жағдайда болса буйыртпашы «Қишлоқ қурилиш инвест» ЖШЖ инжиниринг компаниясы Қарақалпақстан филиалы 7 подрядчик шөлкемлер лаўазымлы шахслары өз-ара тил бириктирип, 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасында көп қабатлы турақ-жайлар қурыў ушын ажыратылған бюджет қаржыларының 17,5 млрд сумын талан-тараж еткени анықланды.
Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша да қозғатылған жынаят иси шеңберинде тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Айсулыў Турдығалиева, «Ел хызметинде» газетасы.
