Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 16-февральдағы тийисли қарары тийкарында Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди.Қордың режесине муўапық:
басқа да аймақлардан келип жумыс ислеп атырған ҳәким жәрдемшилери ҳәм республика ўәкиллери ушын БЕМның 2 есе муғдарында турақ жай ижарасының қәрежетлери компенсацияланады.
Жумысына қарап төмендеги муғдарда айлық ақшалай сыйлық төленеди:
қанаатландырарлы – айлық мийнет ҳақысының 15 процент муғдарында;
жақсы – айлық мийнет ҳақысының 30 процент муғдарында;
жоқары дәрежеде – айлық мийнет ҳақысының 50 процент муғдарында.
Жеке автомобильинен пайдаланғаны ушын ҳәр шеректе бир мәрте төмендеги муғдарда компенсация төленеди:
автомобили бензинде ҳәрекетленсе – 2 миллион 150 мың сумға шекем;
автомобили газде ҳәрекетленсе – 1 миллион 350 мың сумға шекем.
Ҳәким жәрдемшилери ҳәм республика ўәкиллерине турақ жай сатып алыў ушын турақ жай баҳасының 50 процент муғдарында (150 миллион сумнан артпаған) субсидия ажыратылады.
«Жаңа Өзбекстан реформаторы» көкирек белгиси менен сыйлықланған тәғдирде БЕМның 5 есе муғдарында бир жола төленетуғын ақшалай сыйлық бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
