Усы жылдың 16-февраль күни Президентимиз басшылығында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутқан тараў-шарўашылық тармағын қоллап-қуўатлаў, тараўда алдыңғы технологияларды кең қолланыў арқалы гөш, сүт ҳәм мәйек ислеп шығарыў көлемин асырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берген тапсырмалары бүгин турмысқа енгизилмекте.Усы тийкарда бүгин, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Бозатаў районына 200 бас нәсилли қойлар ҳәм оларды сақлаў ушын арнаўлы ислеп шығылған темир пәнжерели қой қоралары алып келинди.
Усы арқалы алдағы ўақытларда районда нәсилли қойлардың бас санын көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеп халықтың турмыс пәраўанлығын асырыў ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисиледи.
