Кредит 30 жылға 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратылған.
Жәҳән банки ажыратып атырған усы ақшалар Өзбекстанның Миллий статистика системасын 2020-2025 жылларда раўажландырыўға мөлшерленген болып, ол бир неше компонентлерди ҳәм ис-илажларды өз ишине алады.
Атап айтқанда, бул жойбар DAVSTATKOM'ның потенциалын раўажландырыў, статистикалық мағлыўматларды жыйнаў ҳәм анализлеўди модернизациялаў ҳәм де Комитеттиң материаллық-техникалық тәмийнаты ҳәм статистикалық мағлыўматларды тарқатыўды жақсылаўды нәзерде тутып атыр.
Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкиллик ханасы басшысы Марко Мантованеллидиң атап өтиўише, Мәмлекет статистика комитети 2020-2025-жылларға мөлшерленген статистиканы раўажландырыўдың Миллий стратегиясы Жәҳән банкиниң техникалық жәрдеми менен ислеп шығылған.
Оның атап өтиўинше, Ҳәзирги күнде ислеп шығарылып атырған жаңа бес жыллық шериклик программасы шеңберинде Жәҳән банки 2022-2026-жылларға мөлшерленген Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыўда ҳүкиметти финанслық ҳәм аналитикалық тәрептен қоллап-қуўатлаўда даўам етеди.
