
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы “Жәмийет қаўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымлары искерлигин сапа тәрепинен жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманында жәмийет қаўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлвқлардың алдын алыў ҳәм жвнаятшылыққа қарсы гүресиўдиң пүтин системасын қәлиплестириў, ишки ислер уйымларының ең төмен буўынынан республика дәрежесине шекем нәтийжели искерлигин жолға қойыў ҳәм заманагөй жумыс усылларын енгизиў арқалы мәмлекетимизде ҳуқық ҳәм нызамлылықты беккемлеў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў, артықша ис-ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде "e-ma'muriy ish" электрон ҳүжжет алмаслыў системасының әмелиятқа енгизилиўи белгиленгенди.
Усы пәрман атқарылыўын тәмийинлеў мақсетинде жақында Шымбай районы ИИБда "e-ma'muriy ish" электрон ҳүжжет алмасыў системасы иске түсирилип, профилактика инспекторларының жумыс материаллары онлайн тәризде судта көрилип жаза анықлығы тәмийинленбекте.ЖИБ Шымбай районы суды баслығы
А. Қ. Хожанов
