logo

Жаслар ушын процентсиз, гиреўсиз, жеңиллетилген кредитлер ажыратылады

Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан жаслардың 100 ең алдынғы инвестициялық жойбарлар таңлаўына старт берилди.

Таңлаўды қордың есабынан тиккелей коммерциялық банклердиң қатнасыўысыз қаржыландырыў, гиреў тәмийнатысыз, 100 мың АҚШ долларына шекем қаржы ажыратылады.

Таңлаў шәртлери бойынша топ 3 (1-3-орын алған қатнасыўшылар) ликке киргизилген жойбарларды қайтармаў шәрти менен, процентсиз, гиреў тәмийнатысыз грант қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Топ 20лыққа (4-20-орынларды ийелеген қатнасыўшылар) лыққа киргизилген жойбарлар жыллық 0 проценттен 5 жылға шекем, 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен қаржыландырылады.

Топ 50 (21-50-орынларды ийелеген қатнасыўшылар) ликке киргизилген жойбарлар жыллық 10 проценттен 7 жылға шекем, 2 жыл жеңиллетилген дәўир менен қаржыландырылады.

Топ 50 (51-100-орынларды ийелеген қатнасыўшылар) ликке киргизилген жойбарлар жыллық 14 проценттен 5 жыллық мүддетте, 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен қаржыландырылады.

Мағлыўмат орнында, жойбар 18 ден 30 жасқа шекемги, өз бизнес идеясына ийе, бирақ оны баслаў ушын тәжирийбе ҳәм баслаўыш капиталға ийе болмаған жигит-қызларға мөлшерленген.

Жас исбилерменлердиң жойбарлары усы жылдың 15-мартына шекем www.fursatloyiha.uz веб-сайты арқалы қабыл етиледи. Арзалар үйренилип, тастыйықланғаннан кейин, жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын жети жыл мүддеттке 100 мың долларға шекем жеңиллетилген кредит алыў имканияты бериледи. Буннан тысқары, мүнәсип көрилген жойбарларға Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймағында ислеп шығарыў ушын 1 000 квадрат метрге шекем жер ажыратылыўы белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар