«Социллық тармақларда, түрли шығыўларды көрип бараман – сартқы қарзымыз көбейип баратырғаны ушын сынға алады. Сынға алыў әлбетте мүмкин, бирақ тийкарлы болса. Бир ғана Сергели районы мысалында алайық, егер биз керекли ресурсларды алмағанымызда баҳасы 500 млн доллар болған метро жойбарларын әмелге асыра аларма едик? Сонша қурылысларды тезлик пенен қура аларма едик? Ҳәзир сонша халық үй-жайлы болды, метродан мыңлап адамлар пайдаланып атыр. Заводлар қурып атырмыз, жумыс орынларын жаратып атырмыз.Сыртқы қарыз халқымызға хызмет қылып атыр. Ең тийкары – сыртқы қарыз муғдары нызам шеңберинде. Сыртқы қарызда ҳәмме мәмлекетлерге берилмейди: исеним бар, бизге берип атыр. Ҳәммеси мақсетли жумсалып атыр ҳәм ўақтында қайтарылады. Басқа мәмлекетлердиң сыртқы қарызы менен салыстырғанда бизлердики әдеўир төмен көрсеткиште» – деди президент.
