logo

Коммерциялық банклеринде доллар курсы рекорд дәрежеде көтерилди

Бүгин, 22 февралдан Өзбекстандағы коммерциялық банклеринде АҚШ долларының сатыў курсы 10 945 сўмға шекем көтерилди. Бул мәмлекетте доллар курсы тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш есапланады.

Өз гезегинде, коммерциялық банклери АҚШ долларын 10 840 - 10 860 сўм аралығинда сатып алып атыр.

Мағлыўмат ушын, Орайлық банк тәрепинен белгиленген доллардың рәсмий курсы 22 декабрден 10 888, 07 сўмды қурамақта.

Соңғы жаңалықлар