2017-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басшы хызметкерлерине қарата Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен жынаят иси қозғатылды. Усы жынаят иси бойынша институттың сол ўақыттағы ректоры Оразымбетов Қуанышбай Келимбетович ийелеп турған лаўазымынан босатылып, жынайый жуўапкершиликке тартылған еди. Бул ҳаққында Ел хызметинде газетасы телеграм каналында хабар берди.Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың суд-ҳуқық тараўында алып барған әдил сиясаты ҳәм реформалары нәтийжесинде Өзбекстан Рспубликасы Олий суды бул жынаят исин қайтадан көрип шығып, Оразымбетов Куанышбай Келимбетовичтиң ҳәрекетлеринде жынаят белгилери жоқлығы, оған әдалатсыз ҳүким шығарылғанлығы анықланып, 2021-жыл 3-май күни Оразымбетов Куанышбай Келимбетовични айыпсыз деп таўып ақлады.
Бурынғы ректор ақланғаннан кейин 2022-жыл 21-февраль күни Ташкент қаласы Шайҳонтоҳур районлараралық пуқаралық ислери бойынша суды тәрепинен Оразымбетов Қуанышбай Келимбетовичты Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымынан нызамсыз рәўиште босатылған деп таўып, усы күни Оразымбетов Қуанышбай Келимбетовичты Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына қайта тиклеў ҳаққында қарар шығарды.
“RF ROMAN” адвокатлық бюросы адвокаты Фархад РОМАНОВ
