Комил Алламжонов өзиниң Телеграм тармағындағы каналында бул ҳаққында мәлим етти.Оның билдириўинше, Қарақалпақстан Республикасына бир ярым мыңнан аслам адамнан ибарат жумысшы топар жетип келген.
Комил Алламжонов усы жумысшы топар ағзалары менен Қарақалпақстан Республикасының районларын вертолётта айланып шыққанын атап өтип, жоқарыдан айырым районлардан түсирилген видеокөринислерди каналында жәриялады.
- Видеокөринислерде жоқарыдан аппақ болып көринип турған – бул қар емес, дуз. Соның өзи бул жерде экологиялық жағдайдың қаншелли аўыр екенлигин көрсетип турыпты, - деп айтып өткен К.Алламжонов.
Еслетип өтемиз, буннан алдын кимлер президенттен бурын Қарақалпақстанға келгени ҳаққында хабар берилген еди.
Karinform.uz
