logo

1-марттан нызамшылықта қандай өзгерислер болады?

Нызамшылыққа бола:

– үй-жай коммунал хызметлер ҳақын төлеў бойынша жеңилликлер орнына айлық компенсация пул төлемлери, оны алыў ҳуқықына ийе болған бәрше жеңиллетилген категориядағы шахсларға, усы шахслардың пенсия (социаллық напақа) алыўы ямаса алмаўы ҳәмде мийнет искерлигин алып барыўы ямаса алып бармаўына қарамастан төлеп барылады;

– социаллық напақа алыўшы өзгелер қараўына мүтәж жалғыз шахсларға компенсация төлеми жәрияланады.

Бунда, ҳәр бир айлық компенсация төлеми – пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 45 проценти (130 050 сўм) муғдарында төленеди;

– Жасы 100 ге толған ҳәм одан асқан социаллық напақа алыўшы шахслар ушын ҳәр айда – пенсиягы есаплаўдың базалық муғдарының 100 проценти (289 мың сўм) муғдарында қосымша төлем белгиленеди.

Бунда, қосымша төлем пенсия ҳәм напақа тайынланған шөлкем арқалы республика бюджети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан бериледи. 

Соңғы жаңалықлар