Бүгин Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев Арал теңизи бойлап егилген сексеўиллер аймағын көриў, жағдай менен жақыннан танысыў мақсетинде келиўи күтилмекте. Сондай-ақ, тийисли жуўапкерлер Аралдың кейинги тәғдири ушын әмелге асырылыўы жобаластырылып атырған жойбарлар ҳаққында мәмлекет басшысына презентация ислеўге таярлық көрмекте, - деп жазды ӨзА бас директорының орынбасары, ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев өз каналында.Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Арал теңизиниң суўы қурыған аймақларында 2018-2021-жыллары улыўма 1,6 миллион гектарлық майданда «жасыл қапламалар» пайда етилди.
Сондай-ақ, келеси 5 жыллықта Арал теңизиниң суўы қурыған түби ҳәм Аралбойы аймақларында 1 миллион гектарға шөл өсимликлерин егиў жобаластырылған.
