logo

Шавкат Мирзиёев халық пенен сәўбетлесип атыр

«Қарақалпақстанның 2 миллионлық халқын қалайынша разы етиў бизди ойландырады. Биринши мәрте республика басшылары 1 ҳәпте даўамында Қарақалпақстанда болады. Мен де қарсы болмасаңыз, 3 күн боламан усы жерде. Неге арқа районларға ўәлаят басшыларын бирлестирдим? Әўўеле, мийир көзде делинеди. Бирлесип Аралбойы машқалаларын көриўимиз ҳәм шешиўимиз керек. Дурыс, ҳәмме нәрсен бүгин қыла алмаймыз. Бир ретте ҳәммесин «есть» қылатуғын мәмлекеттиң өзи жоқ. Бирақ жойбар дүзип ең аўыр жерден тиклеў ҳәм раўажландырыўды баслаймыз. 

Бул жаңа аэропорт та тек сүўретке түсиў ушын болмаўы керек. Пайда алып келиўи, адамлардың аўырын жеңил, узағын жақын қылыўы керек. Ҳәзирги ўақытта Ташкент-Мойнақ-Нөкис рейси ҳәптеде бир рет болады. Егер сизлерде рейсти көбейтиў, ўақтын белгилеў бойынша усыныслар болса, қәлегениңиздей қылынады», деди Шавкат Мирзиёев.

Соңғы жаңалықлар