Мойнақ Қарақалпақстанның мирәтнамасына айланыўы керек. Бул ҳаққында президент Шавкат Мирзиёев мәлим етти, деп хабар берди Kun.uz хабаршысы."Мойнаққа Ташкент ўәлаяты тәрепинен 32 млдр сўм ажратылды. Мен және қосымша 40 млрд сўм бериўге тайынман. Егер зәрүр болса тағы ажыратаман. Бул туўрыдан-туўры пуллар, тағы инвестицион пулларда бар. Мине, балаларымызға бийпул аўқатландырыўды жолға қойдық. Аўқатланып атырма балаларымыз?" - деди президент.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳраман Сариев буған жуўап ретинде "Аўа, ҳәзирги ўақытта 142 мың балаларымыз бийпул аўқат пенен қамтып алынды. Ҳәтте үйлерине де алып кетип атыр" деди.
"Мейли, үйине алып кетсе де, жесе, денсаўлығы тикленсе болды. Қудай қәлесе, пулымыз көбейсе, үйлерине де қылып беремиз. Бул да Қарақалпақстанға тәжрийбе болды, енди басқа ўәлаятларда да жолға қоямыз. Несип етсе, әсте-әсте жоқары классларға да жолға қоямыз", деди президент.
Айтыўынша, Мойнақ Қарақалпақстанның мирәтнамасына айланыўы керек.
"Сонша жыл Нөкиске келип шапалақ шалып кете бердик. Бирақ, Мойнақта өзгерис болмады. Жоқарыда турып, 30 жыл "Арал, Арал" дедик. Бирақ бирде-биреў келип Аралды өз көзи менен көрмеди. Енди бундай болмайды, галстукты шешип, жумыс ислеў ўақыты келди" деди, - президент.
Kun.uz хабаршысының хабар бериўинше, президенттиң өзи де ушырасыўға галстуксыз келген.
