Хабарыңыз бар Президент Шавкат Мирзиёев ҳәзирги ўақытта аймақлардың раўажланыўы ҳәм халық турмысы менен танысыў мақсетинде 23-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында болып турыпты.«Кеше синоптиклер бүгинги сапарым қолайсыз ҳаўа райы себепли ярым ямаса бир саатқа кешигиўи ҳаққында айтқан еди. Бүгин азанда болса жолымыз ашықлығы ҳәм өз ўақтында Мойнаққа ушыўымыз мүмкинлиги ҳаққында айтты. Жолларымыз ашықлығы рас болсын!»
Бул гәплер менен сөзлерин жуўмақлаған Шавкат Мирзиёев Аралбойы аймақларын көзден өткериў ушын жыйналысты тәрк етти. Бул ҳаққында «Darakchi.uz» журналисти хабар берди.
Бүгин мәмлекет басшысы Қарақалпақстанның Тахтакөпир ҳәм Шоманай районларына да барыўы күтилмекте.
Аўдарма «Makan.uz»
