logo

Украинадағы Өзбекстанлы студентлер оқыўды өз ўатанында онлайн формада даўам еттириўи мүмкин

Өзбекстанның Киевтеги елшиханасы Украинада билим алып атырған Өзбекстанлы студентлер өз ўатанына ўақытша қайтып кетиўи себепли мәмлекетлик жоқары оқыў орынларындағы оқыўларын сақлап қалыў мәселеси бойынша мүрәжатлар келип түсип атырғанын есапқа алған ҳалда, мүрәжат пенен шықты.

Оған бола, Украина Билимлендириў ҳәм илим министрлиги 2022-жыл 25-январьдағы 1/1266-санлы ҳәм 2022-жыл 15-февральдағы 1/2588-22-санлы хаты менен Украинаның барлық жоқары оқыў орынларына аралықтан оқытыў системасын енгизиўди усыныс еткен. 

Мәмлекетлик ЖООларға ҳәр қандай себепке бола студентлерди оқыўдан шетлетпеў тапсырылған, оқыўды ғәрезсиз түрде тәрк етиў қәлеўин билдирген студентлер буған кирмейди.

Бул қағыйда медицинадан тысқары барлық қәнигеликлердиң студентлерине тийисли.

Жоқарыдағыларды ҳәм ҳаўа рейсинде бақланған үзилислерди есапқа алған ҳалда Өзбекстанлы студентлерге өз ўатанында оқыўды аралықтан даўам еттириў мүмкиншилигин көрип шығыў усыныс етиледи.

Бул ҳаққында Makan.uz сайты хабар берди.

Соңғы жаңалықлар