Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен 2022-жылы Нөкис инновациялық районында балықшылық кластерин шөлкемлестириў мақсетинде 2 стартап жойбар – «Bostanova Nesibeli» ЖШЖның «Аралбойында балықшылықты раўажландырыў, сондай-ақ, жоғалып кетиў қәўпи астында турған балық түрлерин тиклеў» ҳәм «AMU ARAL SAZANI» ЖШЖның «Инновациялық рециркуляциялық интенсив усылда балық жетистириў» стартап жойбарлары қаржыландырылды.
«Bostanova Nesibeli» ЖШЖ тәрепинен балық шабақларын жетистириў ушын инкубатор цехының имараты қурылып, инкубатор цехы ушын зәрүр үскенелер сатып алынған. Үскенелердиң иске қосылыўы нәтийжесинде жылына 10 тонна балық шабақлары жетистириледи ҳәм жетистирилген шабақлар балықшылық хожалықларына шәртнама тийкарында жеткерип бериледи. Инкубациялық цехта балықтың карп, ақ амур ҳәм толстолобик түрлери шабақларының көбейтилиўи нәзерде тутылған.
«AMU ARAL SAZANI» ЖШЖ тәрепинен 3 гектар жасалма көл майданында инновациялық рециркуляциялық усылда товар балық жетистириледи. Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен Қытайдан 3,5 миллиард сумға инновациялық үскенелер алып келинген ҳәм Қытай технологиясы тийкарында 10 жасалма бассейн орнатылған. Бул бассейнлер арқалы 3 гектар жасалма көлде балық жетистириў режими (балықларды азықландырыў, суўдың температурасын оптимал услап турыў, кислород пенен тойындырыў ҳәм т.б.) басқарылып барылады. Кәрхана тәрепинен 3 гектар жер майданы инновациялық усылда жылына 100 тонна товар балық жетистириў арқалы 4,0 млрд.сум дәрамат алыў режелестирилген. Соңғы жылларда кәрхананың дәраматы есабынан балықшылық от-жемлерин ислеп шығарыў линияларын орнатыў нәзерде тутылған. Бул жойбарлардың искен қосылыўы нәтийжесинде Нөкис районында 30 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
