Президент Шавкат Мирзиёев бүгин Нөкис қаласындағы инвестиция жойбарлары ситуацион орайдың искерлиги менен танысты.Бул шөлкем бизнес жойбарларын қәлиплестириў, әмелге асырыў ҳәм мониторинг қылыў бойынша пүтин система сыпатында жумыс ислейди. Орайға жетекши санаат тармақларының ўакиллери бириктирилген.
Президентимизге Қарақалпақстанда бул тармақларда жобаластырылған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сол менен Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға сапарын жуўмақлап Ташкентке қайтты.
